Байрон Тилеўбергенов — 1940-жыл 25-ноябрьде Мойнақта, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеўберген Жумамуратовтың шаңарағында туўылды.
1958-жылы Нөкис қаласындағы 4-санлы орта мектепти, 1963-жылы Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтының физика-математика факультетиниң физика ҳәм мийнет бөлимин питкерди.
Усы китап мазмунында айтылған физика-математика факультетиниң «В» группасының 1963-жылғы питкериўшилериниң қатарында мениң туӯысқан әжағам Байрон Тилеӯбергенов та бар.
1. Балалық елеслер
Байрон әжағам үйдиң ең туңғышы болғанлықтан, жасы бизлерден бираз үлкен. 1958-жылы ол студент болғанда мен еки жасар бала екенмен. 1963-жылы ол институтты питкерген жыл, мен енди гүзде биринши классқа бараман, деп жүргенмен. Балалығымның есин билиў деген қубылысында Байрон әжағам өз пәзийлетлери менен жайнап турыпты.
«Қам гербиштен өрген бес қабат жайым» деп әкемиздиң жазғанындай, шынында да үй дегендеги естелигимизде бес қабат бөлме ҳәм дәлиз бар. Әйнеклери көшеге қарап қатара салынған төрдеги үш бөлме – оң қапталында әкемиздиң жайы, шеп қапталында әжағамның жайы ҳәм мийманға арналған «ортаңғы бөлме»ден ибарат.
Әжағамның дослары көбинесе усы төрги шақапта. Бирге сабақ таярлайды, гармошка шертип, қосық айтады. Әжағам үйде болсын, болмасын, үйге олардың бири келсе, анам шәй демлеп, аўқатландырыў әнжамына кириседи.
Олар да үйдиң адамларындай, сырттан келип «Байрон бар ма?» деп турмайды. Үйге туўры кирип сәлемлесип, араласып кете береди. Отын жарып, печьке көмир салып, атызға қарап, анама жәрдем берип жүргени. Әжағамнан қалыспай, бул шаңарақтың жас кишкенелерин еркелетип бағысады. Әкемниң жаңа шығарған қосықларын да «қақшып алып» ядлап, пикирлесип атқаны.
Ол заманларда көлик аз, районларда туратуғын студентлер аўылларына тез-тезден бара алмайды. Дем алыс күнлеринде бирди-жарымы үйде де бола береди.
− «Байронның ҳəр қыйлы миллеттен дослары көп еди, - деп еследи оны курсласларының бири Имаматдин аға Турманов, - Нөкис қаласында рус класын питкергени ушын, дəслепки күнлери группасындағы россиялы Кузякина Светлана, Михаилова Вера деген қызлар ҳəм де институттағы басқа шəҳəрли балалар менен досласып жүретуғын еди. Аўылдан келген курсласларын да баўырлап, қəдир-қымбатын орнына қойды, тез арада ҳəммемиз досласып кеттик. Байрон орта бойлы, шаққан, жеңил салмақлы, булшық етлери раўажланған күшли еди. Штанга, гүрес бойынша шынығып, жарысларға қатнасты».
Мениң де балалық елеслеримде бул курслас дослардың ɵмир мәӯритлери мɵрленип қалған. Кɵбинесе, әжағам студентлик дослары менен ишки бөлмеде имтиханға қулшынып таярланып атады.
Бир кɵринис: аўқат писирип атырған анамның қасында «мызыңлап» турған мени Байрон әжағам келип көтерип алды. Ортаңғы бөлмедеги столға «дик» еттирип қойып, «Малика кимниң үкеси?» деп еркелетип сорады. «Байрон әжағаның» дедим үйретип қойғаны бойынша.
–Мениң не? – және бир достысы ишки жайдан шыға келеди.
– Сениң де үкеңмен.
− Мениң не? ...
Сабақ таярлап шаршап кеткен бе, қалғанлары да шығып, сораӯлар менен мени алжастырып, оған ɵзлери мәс болады. Меннен сәл үлкен Замира екеўмиздиң шүлдирлегенимизди қызық көрип сөйлетеди. Кеўиллери мийрим–шәпәәтке толы еди.
Əжағам Әбдинайым, Оразымбет, Шернияз деген жоралары менен армияда бир жерде хызмет еткен.
Фаил, Мәлик, Абат, Фрунзе, Амангелди, Асқар деген дослары бар еди. Əжағам армияға кеткенде де олар тез -тез хабар алып турды. Үй жумысларына көмеклесип, кишкене Муратты еркелетип, бəримизди паркке, көшпели циркке, зоопаркке апарады.
2. «Бизиң бала Байрон болды…» ҳәм «Мурадали қус»
– Сақпан атап, зорды берип ҳәлғаққа,
Қаўын қорып отырсақ та шартақта,
Қосық айтып жүрер едик еликлеп,
Аяпберген, Әжинияз, Бердаққа.
– Қай жақта?
– Ақдәрьяда, Бозатаўда, Мойнақта.
Ериккенде ермек ушын қус атып,
Талай ғаздың май қармасын асадық.
Суўда сүўен, бекире, сазан, ақ марқа,
Қуў, ғаз, үйрек, қасқалдағын усладық.
– Қай жақта?
– Порхан атаў, Мәделиде, Мойнақта,–
деп әкемиздиң өз балалығын тәрийплеген бул қатарлар, әлбетте, Байрон әжағамның да жаслығына тийисли көринислер.
Әйне Арал теңизи жағасында дүньяға келиў бизлерге несип етпеген болса да, түп тийкарымыз мойнақшы болғанлықтан, теңиз тәрийпин тыңлап өстик. Ата журтымызды талай зияратлап барып, қараған көзге төрт тәрепте көгилдир аспандай көлбеп жатқан нуў теңиздиң ақбас толқынлары менен шайқастық. Пароходта, мотор қайықта «суў танабын қуўырып», кемелерди рухсатсыз жаздырып әкетип, адасып, соңында ескек есиўге де ҳалымыз келмей, Алла сақлап, Мойнақтың ол шетинен бир, бул шетинен бир шыққан ўақытларымыз да болды.
Ал, Байрон әжағам, усы кәраматлы мәканда дүньяға келди.
Балалығымда анамның: «Туңғыш перзентлерим Байрон ҳәм Асия Мойнақта туўылды, қалғанлары Нөкисте» деген сөзлерин еситкенимде, қай жаққа қарасаң да, төрт тәрепте көгилдир аспан болып көринетуғын теңиз көз алдыма келип, бул мөлдир мәканда, «Мойнақ» деген мөлдир дийўалдан әжағам менен әжапам изли–изинен нурдай «жарқ» етип шығып келген шығар деп ойлайтуғын едим.
Шайыр, шайырлығына барады, дегендей, әкем туңғыш улына Англияның атақлы тулғасы Джоржд Байронның исмин қойған. Ҳәзир үлкемизде Байронлар баршылық, әкемиздиӊ:
Бизиң бала Байрон болды,
Еситкенлер ҳайран болды.
Быламығын төгип алып,
Үсти–басы ўайран болды,–дегениндей, сол ўақытлары бул исим жаӊалық болған екен.
«Асымның алды, суўымның тынығы» дейтуғын еди анам әжағамды. Ол дәўирлерде үйлер арасы алшақ жайласқан, үйге таслап кетиўге, балаға қарап турғандай адам табылмайды, сонда анам жаңа жүрген нәрестесиниң аяғына пайпақ, үстине пахта гүртеше кийгизип, омба қарға көмип, өзи үкиден суў әкелиўге кетеди екен. «Қардың арасы жыллы болады, тырбаңлап шығаман дегенше жетип келемен» дейтуғын еди анамыз.
Анам жанталаста усыларды еследи ме, жанарын қамсығып турған әжағама қадады:
– Тилеп алғаным… Сени қәйтип бағып едим?!.. Мәрт бол, ким әке-шешесин белине байлап жүр дейсең? Өзиңе, саўлығыңа қара, қәдирли басыңды бәрҳә қәдирли тут. Ҳәммесин саған тапсырдым. Ыразы бол!
***
Әжаға!... Қаналас, туўысқан!!!... Айрықша қәдир -қымбатқа ийе, шексиз мийрим шәпәәтке бөленген, кеўилди өзгеше елжиретерлик әдиўли уғым, үлкен мақтаныш бул!... Анамның «ҳәммесин саған тапсырдым» дегенинше бар, әжағам ҳәммемизге де айта қалғандай, мийримли еди.
Ҳəммемиздиң жасы үлкенимиз, мен есимди билгенде әжағам ержеткен студент еди. Бәлки, соннан ба, ата-анамның оған даўысын көтерип сөйлегенин көрмегенмен. Жақыныңды жаттай сыйла, деген, әкем, ҳәмме перзентлерине де қысыныспалы нәзик мийманындай сыйлы мүнəсибетти тутты. Сол қараслардың сейдини тунғышына арналды. Анам сыйласығы меҳиринен, меҳири сыйласығынан асып түсип, бизлерди тәрбиялаўда да «әжағаң айтып атыр» усылын көп қолланатуғын еди.
Әжағамның қалың буйра шашлары толқынланып, «вельвет» деп ат кешкен қара шиймақпал көйлеги жарасып, үйге асығып кирип келиўден, бизлерди көтерип еркелететуғыны, мектепке барғанымнан соң, оқыўдан киятырсам, «Макеша!» деп еркелетип күтип турғанын, досларының ортасында гармошкасын шертип, йошланып қосық айтып атырғанларын, жоралары менен бирге ылай ийлеп, гербиш қуйып, жай салып жүргенлерин, үкелерине қосып, ағайин-туӯған, қоӊсы-қоба балларын да жәмлеп машинасында «Ашшы көл»ге шомылыӯға апаратуғынын еслеймен.
Өзине тетелес Асия әжапамды «бокс»леп ойнай береди. Мушы қаттырақ тийсе, әжапам: «Кише, қараса, қоймайды» деп еркелеп, өтирикке жыламсырайды. «Қолымды аўырттың» деп қарсыласып урыспайды.
Бизлер ата–анамызды «қалашалап», «папа», «мама» дедик. Байрон, Асиялар – анамды «кише», әкемди «аға»дейтуғын еди. Буның себеби, мениң өзим ол инсанды көргеним жоқ, әкемиздиң қолында, аққуўдай шырайлы ҳәм кербазлығы себепли «Аққуў» деп ат кешкен әжапасы бирге жасаған екен. Аққуў әжемиз, сол үйдиң анасы есабында болып, Орынбасқан анам қайынбийкесиниң ҳүрметине, оның кеўли ушын, «Сизиң балларыңыз» деп кеўлин алып, туңғыш ул-қызларының атларын айтпаған.
***
Әжағамның студент гези, бир сапары пахтадан ийнине гармошка асып келди. Пахта терип тапқан пулына сатып алған екен. Үстинде анам тигип берген сырма «купайки», аяғында «кирзовой» етиги, суўықтың жаңа шарпыўынан ба, үйге жеткен қуўанышынан ба, жүзлери қызарып жайнап тур. Отын тийеп киятырған бир «самосвал»ға илесип келген. Бизлерге де бираз ойыншықлар, кәмпийит әкелипти, қуўанышымызда шек болмады.
Және бирде болса, пахтада тележкадан жығылып, бир қолын сындырып алған, гипсли қолын асынып келди…
Түн жарпында, жерде қатарласып уйқылап атырған бизлер, «әжағаң келди!» дегенди еситип ушып-ушып турып, мойнына асыла кеткенбиз. Бәршемизди аймалап, қыйланса да, бир қолы менен еплеп, ҳәммемизди көтереди, биримиз алдында, биримиз арқасында, арамыздағы үлкени Асия әжапам «мен не» деп ол да ийнине илинеди...
Әжағам, аўырдым демей, шаршадым демей, таяр дастурханға да асықпай, бул сапары да, бәримизди еркелетип, кишкенелерди арқасына қондырып, ат болып ойната кеткен еди!...
***
Туңғышы ул болып кеўлин жәмледи ме, ямаса шүкиршилиги көп мөмин-мусылманлық пәзийлети ме, әкемиз:
Ул перзентиң − қуўанышлы тойханаң,
Қыз перзентиң − барып келер бай қалаң,
Жақсы перзент өмириңнин қуўаты,
Қартайғанда жасартады қайтадан, деп жазғанындай, ул-қызды теӊ әлпешледи.
Мен туўылған август айында әкем, үйде болмаған, Қырғызстанда "Ыссық көл"де дем алып атыр екен. Бир улдан соң қатара туўылған төртинши қызға да, «әй» демепти, қуўанып қутлықлап, «Исми Малика болсын!» деп телеграмма жиберген.
Байрон әжағам болса, және өзине қосшы туўылмағанына өкпелеп, анамды бөпеси менен жаяў алып қайтқан екен.
– Жолда бәндиргиде турдық, бир карис ҳаял жүзим берди, жүзим қап-қара болып пискен екен. Сен жүзим писикте туўылдын,–дер еди анам.
Туўылған күнимди ҳәр жылы ҳәр ўақытта, сәтине салған күни белгилеймен. Оны билген туўысқанларым, қурдасларымыз: «быйыл жүзим нешесинде писеди?» деп сорайды.
Әжағама арасында:
–Мен туўылғанда қуўанбағансыз, –деп өкпелеймен.
–Қайтама қуўандым, сени өз қолым менен көтерип әкелдим ғой,–деп еркелетеди ол. Кеўлимди бағып, мийрим -шәпаәтин және де еселейди.
Әжағамның қарындасларын жүдә жақсы көретуғынлығына, «тәйт» деп жекимейтуғынына анам сүйсинип, мақтаныш пенен дәстан етип айтып отырады.
***
Бизиң шаңарақ тарийхында еки ул Байрон ҳәм Мурат исмине байланыслы, «бирин айтып, бирине кеткендей», меҳрибанлық эпизодлары жүдә көп. Әсиресе, Мурат үкемниң туўылғанындағы қуўанышлар тарийхы әжағамның өмир тарийхы менен шатысып кеткен.
Бизлер асығып күткенимизге, Мурат да дүньяға шығыўға асықты ма, шала туўылды. Кишкенелиги сонша, оны дәслеп туфлий қутысына салып баққан еди. Қалаберсе, бетине диатез шығып, биразға шекем еми түспей «қотыраш» атанды. Басқалар қолына услаўға қорқатуғын бул «шалабай»ды, анамнан басқа, тек Байрон әжағам ғана бабын таўып бағыса алатуғын еди.
Бирақ, тез арада, күннен -күнге толысып, жүзине шырай енип, бир сулыў бөпе болды, дейсиз, қоңсы -қобаға шекем қолына алғысы келип турады. Бөпе де, енди, анам ҳәм әжағамнан басқа ҳеш кимге бармайды!... Әжағам «Мурадалий қус!» деп кирип келгенинде, нәресте талпынып, «ушып–ушып» кететуғын еди. Соң оны алақанына қондырып көтереди. Машинасына мингизип, қасынан қалдырмайды.
Олардың өз-ара үйирсеклиги сонша, әжағам Грузия елине әскерий хызметке кеткенинде, Мурат шын мәнисинде «сағыныштан сарғайды». Оны жубатыў аңсат болмады. Ата-анам оған жүн пальто, аяғына кишкене ғана ылайық «кирзовый» етик әперди. Таңсық кийимлери бар сулыў баланы енди Асия әжапам жанынан қалдырмайтуғын болды. Балалығымдағы елеслер кеўлимде қосық қатарларына айланған:
Гүз ортасы, жаздың ҳәўири бар еди,
Анам төрт қыздан соң ул сорар еди.
«Байронжанға бир қосшы…» деп дәметип,
Анам жанын тилеп интизар еди.
Халықтың сыйласығы, шайырға деген,
Ат қойыў әкемниң мойнында екен.
Бул сапары, мен айтыппан ертеден,
«Аты Муйат, бала болады үкем!»
Шынында да!.. бирақ, шала туўылған,
Туфли қутысына орап қойылған.
Қызыл шақа, адам көрер жери жоқ,
«Қотыраш» деп, аты елге жайылған..
…Баста бир әбеший аққуў баласы,
Дәрман болып шалқар көли, даласы.
Соң бир сулыў патша қусқа айланар,
Адамға тәқаббил ақыл –санасы.
Мениң үкемдағы, тап сондай болып,
Шырайланды әлпешленип жетилип.
«Мурадали қус!» дегенде, қулпырар,
Әжағамның алақанында турып.
Оған ҳеш зат болған емес қадаған,
Сонша ықлас, кетейин–әй, садағаң!
Бир күни армия хабары келип,
Гүржистанға жөнеп кетти әжағам.
Байрон атлы әжағалар қандайды?!...
Ини сағыныштан солып сарғайды.
Жубатыўға ҳәмме пәрмана болып,
Әперди «керзовый», «шуба»–сарпайды.
Әжағамның гармонын да ол шертти,
«Волга»сын айдаған тек оны ертти.
Асия әжапам «кийими сулыў»деп,
Институтқа оқыўға да әкетти…
Салы арқасында суў ишер шигин,
Мен де бос қалмадым, ойласам бүгин,
«Мен қутлы аяқ болмағанда, қайда?!» деп
Гейде кийип турдым, «кирза» етигин…
***
Байрон армияда командир болды, әскерий формасы жарасып, салдамлы түрде солдатларға команда берип атырған сүўретлеринен жибереди. Хызмет етип атырған жеринен «усындай азаматты тәрбиялағаныңызға рахмет» деген мазмунда ата-анамның атына миннетдаршылық хатлары келип туратуғын еди.
Әжағамныӊ өзи тасқа басқандай сулыў «почерк»и менен ҳәр биримизди сорап аналитик-эмоционал хатлар жазады. Хат келсе, үйде үлкен байрам. Шаўқым салып, айқасып ойнасақ та, шаўқымласып қосық айтып, аспанға секирсек те, анам ҳеш «қойың» демейди, күли-й-ип тура береди. Арасында «нәнай–нәнай» деп өзи де бизлерге қосылып, көкирек бүрме көйлеги жарасқан болық денеси менен ойнап кетеди. Қуўанышымыздың кульминация ноқатына жеткени сол!
Әжағам Асия әжапама өз алдына рус тилинде хат жазады. Бизлер «өзгениң» хатын оқымаймыз, әжапам өзи оқыйды, ентелеп, «не деп жазыпты?» десек, «ҳеш, қәдимги»деп қояды. Енди ойласам, қызларды сорайтуғын шығар, ямаса өзине тетелес қарындасы менен пикирлесиў қызықлы шығар.
Бундайда, бизлер өкпелейтуғын едик. Бир күни өкпемди айтып, хат жаздым: «Мурат сизди сағынып жүр, жылай береди, оған пальто алдық, сиз әжапамның бир өзине орысша хат жаза бересиз, ол бизлерге дурыслап оқып бермейди».
Дәрҳал мениң атыма хат келди. «Маликажан, хатыңа қуўандым, сен енди оқыўшысаң, хат жазып тура бер. Асияға айтаман, мениң жазғанларымды дурыслап оқып берсин. Орысша жазды деп те өкпелемей-ақ қой жаным, көп тилди меңгериў келешегиңе керек болады» –деп жазыпты әжағам. Бул нәсиятын мудамы еслеймен ҳәм шынында да тил үйрениўге қызықтым.
***
Үйдиң бар машқаласын бир ийиннен көтерип, «оқыған озар» деп ҳәммениң билимлениўине имкәният жаратып жүретуғын анам бир күни ашыўланды:
– Барлық жер китап!... Усылардың бəрин оқып атырған жоқсыз ғой күнде. Бираз азайтқанда не қылады?»
Әжағам сонда айтқаны ядымда:
–Барлық китапты күнде оқый бермейсең ғой, кише. Ҳәр ўақта ҳәр қыйлы китап керек болып қалады, сол ушын китап жыйнайды адам.
Бул сөзлерди мудамы еследим.
***
Қус та уясынан сезим алады,
Ҳəр бир нəрсе негизине барады.
Əкесине усамады десең де,
Ең болмаса бир белгиси болады, — дегендей, алма шақаларында алма түйнек салады. Соныңдай, бизиң шаңарақ перзентлериниң ҳəммеси де, қайсы қəнийгеликти таңлаған болса да, ҳəр бири өзинше шайыр тəбиятлы, ретинде еки аўыз уйқас келтире алатуғын, əдебияттан, мəденияттан, дүнья билимлеринен хабардар инсанлар. Ҳəр бири қай тилде оқыса да, өз тилин қəстерлеп, мүлтиксиз сөйлейди. Тəлим-тəрбиямыздың үлгиси − əжағам.
Балалығымдағы усы елеслерди жуўмақластырсам, кеўил дəптериме мынадай қосық қатарлары жазыла баслады:
Әжеп дүнья сынақларын жеңип өт деп қамықпай,
Илим-билим дерегиниң нурын ашқан, жалықпай,
Қанатлыға қақтырмаған, тумсықлыға шоқытпай,
Үлги тулғам, алдымызда жасы үлкеним, әжаға.
Қайда жүрсем, тәшиўишленип, бәрҳа бақлап алыстан,
Елжиреген кеўил күйи ҳүждан менен қарысқан.
Исмим турған жерде жанды гиреў қойып алысқан,
Мениңдағы жаным пидә, тилеклесим, әжаға!
Жуўапкерли Ана-Ўатан хызметинде тақ турған,
Үйде, дүзде, қыялында сергеклиги сақ турған,
Бул дүньяда Сизиң киби жоқдур ҳеш уллы қорған,
Шексиз мийрим, шексиз мәртлик, қаналасым, әжаға!
***
Сиңлилеримниң бири, Зыяда Байрон қызы менен сөйлесип турып, «əжағам қандай еди?» деген сораў ядыма келип айта салдым.
– Əжағам!... деп қамсығып бираз тоқтап қалды ол. (Дəстүрге бола, ата-əжесине баўыр басқан ақлық қыз, ол да «əжаға, Гүлсара» дейди). Соң сөзин даўам етти: «Жақында аўылымызда той мийманларын күткен едик. Олардың арасында бир ғарры менен кемпир Байронның қызы екенимди еситиўден жылап жиберди. Ақудай-аў, əкең Байрон дүньяға бир келген адамлардан еди-аў! Биз бирге оқыдық, деди…».
Өзим есимди билгеннен жақсы билген əжағамды «жақсырақ билейин» деп пикир жəмледим.
– Байрон жақсы еди! Келиншеги Гүлсара муғаллим де жақсы! –дести шəкиртлери бир аўыздан. – Яман билгиш еди-ғо!...
Университетте ислегеним себепли əжағамның бираз курсласлары менен кəсиплес болыў бахтына ийемен. Оларды көрсем, əжағамды көргендей жүрегим елжирейди, аман жүргей-дə деп тилеп, сəлемлесиўге асығаман… Дəстүрли сораўыма, қəнийгелигине байланыслы көп сөйлейбермейтуғын бул салдамалы инсанлардың жүзлери жайнап салаберди:
– Ой-буў!... Айтарың бар ма?! Жүдə басқаша еди!
***
Байрон Тилеўбергенов айрықша оқығанлықтан институтта қалдырылып, оқытыўшы болып ислеп жүрди, соң Киевке аспирантураға жиберилди. Бирақ, сол жылларда саламатлығы себепли оқыўын даўамлай алмады.
«Физикасын жанындай жақсы көрген» деген баҳа оған жүдə жарасатуғын еди. Ел аўзында «билгиш физик» атанды. Оқытқан оқыўшылары миннетдаршылық сезимлерин талай төгип салғанын еситкенмен, еле де еситип киятырман.
Бизлер оқыған Нɵкистеги 4-санлы мектепте әжағам физикадан, Гүлсара жеңгем математикадан сабақ берди. Жеңгем оқытқалы «математиканы умыта баслағанман. Күнде сол пəнге таярланыўға «ўақыт жетпей қалады». Тахтаға шығыўды қəлемесем, жеңгемниң көзинен тасаланаман, ол фамилиям, я исмимди айтып шақыра алмай «ишқыста» болады. Үйге келгеннен соң, «төмен қарап отырып алдың. Бүгин таярланып бар, сорайман. Бир сапар болса да жуўап берсеш. Уятты!» деп өкпелейди. Маған жəне "ўақыт жетпейди"… Бир күни шыдамай, сабақта "Айқыз" деп шақырып жибергени де бар... Уйге келгенсоң қайтып шақырмастай болды...
Бул еркешилик тек жеңгеме өтеди. Ал, əжағам ушын мектепте биз, көп оқыўшының бири. Артық баҳа қойып айрықшаламайды, «биреўлер айтып жүрер» деп, төмен баҳа қойып кемситпейди.
Диляра сиӊлимниӊ де устазы Байрон әжаға. Оныӊ классындағы сабақларының биринде, Байрон муғаллим:
– Усы есапты шығарғанға «алты» қояман, – депти. Қырық бир оқыўшының арасында Диляра сиңлим есапты шығарып берип «алты» алған. Усындай принципиаллық мениң қыялымда қосық қатарларына айланды:
Бул мектепте сабақ берди Байрон әжағам,
Жеңгем де негизи, устаздур маған.
Бирақ, сабақта да «Айқыз» деп билди,
Ал, әжағам тәртип тутты сәл қатаң.
Билмегенде бир де қойды гей ўақта,
«Бес»ин аямады, билсем, бирақта.
Әдиллик − бийҳазар қалыс пәзийлет,
Саўатлының тасы аўыр ҳәр ўақта.
Әжағам оқыў ислери бойынша жуўапкер лаўазымларда иследи, талай рети келсе де, директорлыққа келисим бермеди. Ҳәмелге қызықпайтуғын, қәнәәтшил, туўры сөзли, кишипейил, жуўапкершиликли еди.
Байрон Тилеӯбергенов ɵмирлик жолдасы Гүлсара Ибадуллаева менен бирге − Зияда, Муслима, Әниӯар, Баян, Зәӯре, Феруза, Гүлзийба атлы перзентлерди кәмалға келтирди. Бүгинги күни олардың ҳәр бири ата-аналарындай сулыӯ, әдеп-икрамлы инсанлар болып, ɵз шаңарақларында ул-қызларды тәрбиялап, ɵзлери таңлаған ҳәр қыйлы кәсиплерде елге хызмет етпекте.
***
Əжағамның курсласларының бири Имаматдин аға: «Машын айдаўды бəримиз де Байроннан үйрендик» деген еди. Бул гəпте жан бар.
Ҳүкимет тəрепинен жазыўшы-шайырларға көлик берилетуғын болып, бул ҳүрметке бириншилерден, бизиң əкемиз миясар болған.
Жаз күнлериниң бири. Түсте уйқыламаўдың қандай ҳийлеси бар, деп көзлеримизди қыпылықлатып, жасырын ашып-жумып жатырғанымызда, «Папаң машын әкелди!» – дегенди еситип ушып турдық. «Машын»ына түсинбесек те, уйқылаўдан қутылғанымызға қуўанған едик. Жуўырысып шықсақ, тап кирер есиктиң алдында маңлайында «жылтыр кийик атлыққан» жасыл «Волга» турған екен. Бул жыллары машина әўесек.
«Ер жигиттиң бир мурады ат болар!» дегендей, әкем жаслығында шабандоз болған екен.
Қыян -кести ылақ ойын «Майпоз» тойында,
Арғымағым омма түсип, шарта қуладым.
Саған көкмар инам етиў мениң ойымда,
Ессиз қалдым, жаздырылмай қолдан ылағым, – деп, – тәрийплеген жерлери бар жалынлы жаслығын.
Әкемиздиң машинаға ҳәўеси ат-көликке ышқыпазлығының даўамы еди.
Оның заманагөй көлигине қуўанып айтқаны:
Ешек алыў еди жаста қумарым,
Ат миниўге келмеп еди димарым.
Ойламаппан, көк «Волга»ның мардыйып,
Шықсам, меннен ҳәмир күтип турарын.
Əкемиз өзи, «Кеўил бирақ, қартаймады, жас барды..» деп жазғанындай, машинасын өзи айдайжақ болып, ходлап, соның арасынша, үйдиң алдындағы терекке урып, бир фарасын сындырған, жапқа да түсип кеткен.
Буннан қорқып кетип яки қапа болыўдың орнына, ҳəмме күлисип, қызық көрди. Биз, кишкене «тақылдақ»лар бул ҳаққында ертек шығарғанбыз: «Бир шайыр болыпты. Оның көк ешеги бар екен. Ешеги «өңкип» кетип, бир көзин шығарып алыпты..»
Әкемиз ашыўланған жоқ, Нәсиреддиншелеп ҳәзил сөз айты, «ғаррылық, ғаррылық» деп күлип, машинасын улына тапсырды да, қайтып рульге бетлемеди. Бурын үйренгени бар, әжағам машинаны бирден айдап кетти.
Сол дəўирлерде машина таңсық, ағайын-туўғаннан, қоңсы-қоба, дос-яраннан бул машинаға минбегени кемнен-кем шығар, деймен.
– Қарақалпақстанда еки Байрон бар,–деп ҳәзиллесетуғыны ядымда, əжағам ҳəм мойнақшы досты лётчик Байрон Таженов, — биримиз жерди шарлаймыз, биримиз аспанды…
Күнхожа бабамыздың «Есерсоқ боларсаң жигирма бесте» дегениндей, жаслық – кеўилди алағада еткен бир дәўран, ат миниў – ол да йошты көтермелейди, көркли келбет ҳәм бахыт басты айландырады. «Атлы пиядаға сәлем берсин, пияда − отырған адамға, аз — көпшиликке сәлем берсин» деп жазылған Ҳәдисте.
Атқа минсе де, рульге отырса да, менменшиликтен аўлақ, имкəниятты көбейткен Алла Таалаға шүкиршилик етиўши инсанлар үлгисин көрип өстик. Менменшилик етип, биреўге азар бериў деген не, әжағамды еслесем, Тәңириден басқадан дәмеси жоқ, деген уғым ядыма келеди. Сонша бетин қақпай, әлпешлеп өстирсе де, «Аға», «кише» дегеннен басқа әке–шешеге тик қарап, гəп кайтарғанын көрмедим. Ақылы, шырайы, абырой-мəртебеси, несийбеси менен «жигиттиң суңқары» болып, аўызға илинсе де, аўылда ҳəм қалада жүдə көп болған жора-жолдаслары менен де ашшыласқанын билмеймен.
Бирақ, ең жақынларынан да, ҳəттеки, қəдирли ата-анасынан да ҳеш нəрсе сорамайтуғын, ҳеш кимге жалынбайтуғын, жағынбайтуғын, жақсыны сыйлап, жақтырмағанын сыр берип билдирмегени менен, «аспанды тиреп турса» да, өз әлемине жолатпайтуғын инсан еди.
Жуӯапкершиликли дегенимиздей, ɵмириниң соңғы күнлеринде онкологиялық шыпаханадан шығыўдан, «басқалар қыйналып қалар» деп, мектептиң жыллық есабатларын жазып тапсырды. Нәр татпай жатырғанында да ҳеш бир налымағанын, «тәўирмен» ертеңлери буннан жақсы боларман-дә» дей бергенине қарап, Қудай шынында да исендирип қояр ма екен, ямаса, ишине сонша дәртти сыр бермей сақлағандай күш берермекен, деп ойлайман.
Сол ҳалында, уртлам суў татыў мушкил болып атырғанда да, дунья жузлик руўхый азықтан нәр алып, әдетине кɵре аўыр тарийхый романларды оқып жатқанын кɵргенимде, жүрегим езилип-езилип кеткени бар... Ақылым болса: адамның билимге иңкәрлығының шеги жоқ, бесиктен қәбирге шекем илим үйрениў парызы усымекен, деп таңланды.
Ҳәммемиздиң жасы үлкенимиз ҳәм ең киши пейилимиз, әжағам мәңгилик сапарға ертелетип атланды, «жол меники, шырақларым» дегендей бийҳазар өмирин бийҳазар уйқы менен адақлап кете берди....
Таланты, саўаты ҳәм имкәниятлары, гөзлеген мақсетлери аласатлы дүньяның қашырымларына сәйкес келебермеген жан ағамның әрманлы сазлары қарындастың шерли перделеринде тербеледи..
Əкемниң қай бир қосық қатарлары жəне қыялымда жүзбекте:
Көзлер қыймастай ер едиң,
Айрықша болып дөредиң,
Көп еди журтқа керегиң,
Жан ағам кеттиң, келмедиң!...
-----------------
Малика Жумамуратова
-----
«УСТАЗЛАР ЖОЛЫ ‒ ӘПСАНА» китабынан.
Публицистикалық мақалалар топламы. Нөкис,2017-жыл, 200- бет.
Китап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты физика-математика факультетиниң 1958-1963-жылларғы студентлери − жоқары билими ҳәм жақсы пәзийлетлери менен халық ҳүрметине миясар инсанлар ҳаққында.
Топлам китап авторлары - М.Жумамуратова, З.Қожықбаева.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 24